Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

18-26-май күнлери Нөкис қаласы ҳәм барлық районлар шеңберинде мийнет ярмаркасы өткериледи



Нөкис әскерий прокуратурасы Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринен мүддетли әскерий хызметти өтеп, резервге босатылған ҳәм мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметти өтеген пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 18-26-май күнлери Нөкис қаласы ҳәм барлық районлар шеңберинде мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилмекте.
Усы мийнет ярмаркасы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 2-июндеги “Мүддетли әскерий хызметте ҳәм мобилизациялық шақырыў резервинде хызметти өтеген пуқараларды жумысқа орналастырыў бойынша Республикалық комиссиясын және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қала ҳәкимликлери жанында тейисли комиссияларды шөлкемлестириў ҳаққында”ғы  339-санлы қарардың орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.
Мағлыўмат орнында, бул бағдарда 2018-жылдың 13-28-март күнлери Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында ҳәм барлық районларда шөлкемлестирилген мийнет ярмаркаларында мүддетли әскерий хызмети ҳәм мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметти өтеп келген 55 пуқараның мәўсимлик ҳәм турақлы жумыс пенен тәмийинленгенин атап өтиў орынлы.
               
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
    2018-05-18 06:56:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine