Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

15-октябрьден жасаў орны, жумыссызлығы ҳаққында ҳәм басқа мағлыўматнама алыў орны өзгереди



Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен берилетуғын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер түрлерин түпкиликли қысқартыў бойынша ис-илажлар ҳаққындағы ҳүкимет қарары қабылланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Қарарға муўапық, 2018-жыл 15-октбрьден мәмлекет хызметлери көрсетилиўинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен усынылатуғын төмендеги ҳүжжетлерди талап етиў бийкарланды:
- шахстың жасаў орны бойынша (прописка етилгени) жасап атырғанлығы;
- шахстың жумыссызлығы;
- баланы, жалғыз шахсларды, пенсионерлерди ҳәм нәгиранларға қарағанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;
- шахстың усыныснамасы.
Ендигиден былай мәмлекет хызметлерин көрсетиў ўақтында шахстың жасаў орны бойынша (прописке етилгени) жасап атырғанлығы ҳәм оның жумыссызлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер керек болса, бул мағлыўматлар мәмлекет ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары тәрепинен тийислилигинше Ишки ислер министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги органларынан алынады.
2020-жыл 1-январьдан баслап мәмлекет хызметлерин көрсетиў процессинде шаңарақ қурамы, ағайиншилик дәрежеси ҳәм пуқараның шаңарақлық жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекет ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары тәрепинен ПҲАЖ органларынан еркин түрде алынады.
 
    2018-10-05 09:33:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine