Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

123 шебер қоллардың бәнтлиги тәмийинленди



Беруний районында «Беруний чеварлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыс баслады. Әҳмийетлиси онда жергиликли 123  ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди.
Жәмийет ҳәзир ўақытта елимиздиң мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияланыўшылары ҳәм мектеп оқыўшылары сондай-ақ, басқа да кәрхана-шөлкемлер  ушын арнаўлы кийим-кеншеклер тигиў жумысларын алып бармақта.
– Келешекте кәрханамыздың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм усы тийкарда және де көбирек жумыс орынларын  жаратыў сондай-ақ, өнимлеримизди шет елге экспорт етиўди режелестиргенбиз, – дейди жәмийеттиң ис басқарыўшысы Набира Қурбанбаева.
Кәрхананың ашылыў мәресиминде Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.
    2018-05-15 12:17:27 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine