Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-январьдан исбилермен мийнет стажын электрон есапқа алыў енгизиледи



2018-жыл 1-январьдан исбилерменлердиң мийнет стажларын электрон есапқа алыў енгизиледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигине тийкарланып kun.uz хабар бермекте.
Атап өтилиўинше, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 4-июльдеги қарарына тийкар жеке тәртиптеги исбилерменлерди, дийхан хожалықлары ағзаларын, қарамал өстириў ҳәм басқа аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен шуғылланып атырған шахсларды ҳәм юридикалық шахс статусына ийе болмастан исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған басқа субъектлери бойынша мийнет стажларын электрон есапқа алыў енгизиледи.
Мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр бир физикалық шахс бойынша жумыс бериўшилер тәрепинен мәмлекет салық хызмети органларына бюджеттен тысқары Пенсия фондына бирден-бир социаллық төлем ҳәм қамсызландырыў төлемлери бойынша салық есабаты қурамында усынылыўы белгиленди.
 
    2018-01-04 12:16:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine