Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-sentyabrden ózin-ózi bánt qılǵan puqaralarǵa waqtınsha miynet gúwalıqları beriledi



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 9-июль күнги 566-санлы қарары менен 1-сентябрьден баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақтынша мийнет гүўалығы берилетуғын болды.
Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар – хызметлер көрсетиўди, жумысларды орынлаўды бийғәрез түрде әмелге асыратуғын, жеке түрдеги исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм жалланба мийнеттен пайдаланбайтуғын, мийнет стажы есапқа алыныўы ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы менен ўақтынша мийнет гүўалықларын рәсмийлестирген шахслар болып есапланады.
– Мийнет гүўалығы арза бериўшиниң қәлеўине бола 1 айдан 12  айға шекемги мүддетке, мийнет уйымлары тәрепинен пуқаралардың турақлы жасаў орнына қарамастан бериледи,-дейди Нөкис қалалық бәнтликке көмеклесиў орайының директоры С.Уразалиев. – Мүрәжатлер 3 күн ишинде көрип шығылады.
Усы қарар өзин-өзи бәнт етиў есабынан өзин мийнет дәраматы менен тәмийинлейтуғын шахслардың мийнет етиўин тәртипке салыў мақсетинде қабыл етилген болып, гүўалықта көрсетилген дәўир пенсияны есаплап шығарыў ушын пуқаралардың мийнет стажына киргизиледи.
Сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға банклерден бәнтликке көмеклесиў қорлары есабынан жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.
 
    2019-07-19 17:21:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine