Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-марттан баслап Қураллы күшлер пенсионерлерине пенсия төлеў тәртиби өзгертиледи



Президенттиң жаңа Пәрманы менен 2017-жыл 17-февральда қабылланған Қураллы Күшлер пенсионерлерин социаллық қорғаўды еле де жетилстириў ис-илажлары ҳаққындағы пәрманына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналының жазыўына қарағанда, 2018-жыл 1-марттан баслап Қураллы күшлер пенсионерлерине төмендеги орынларда ислеген жағдайда, пенсия толық төленеди:
- Улыўма билим бериў мектеплеринде, академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде директор ҳәм оның орынбасарлары, шақырыўға шекемги дәслепки әскерий таярлық бойынша муғаллим лаўазымда;
- Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкемлеринде;
- Жоқары оқыў орынларында әскерий оқыў шынығыўлары бойынша муғаллим лаўазымында;
- Орынлардағы қорғаныў ислери бойынша шөлкемлерде;
- Ўәлаят, район (қала) халық қабыллаўханалары ҳәм басқа сол сыяқлы орынларда.
    2018-02-09 12:17:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine