Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-июльдан баслап Жол-патруль инспекторлары мобиль видеокамералар менен ислеўди баслайды



Өзбекстанда 2019-жыл 1-июльден баслап жол-патруль хызметиниң барлық инспекторлары мобиль видеокамера менен тәмийинленеди. Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги хабар берди, деп жазадыKun.uz.
Ҳүкиметтиң 1-декабрьдеги қарары тийкарында Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы қурылмалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.
«Быйылғы жылдың 1-июлинен баслап Жол-патруль хызмети хызметкери өз ўазыйпаларын әшкара, мобиль видеокамералардан пайдаланып алып барыўға мәжбүр болады», – деп хабар берген ИИМнан.
Жол-патруль хызмети хызметкери өз ўазыйпасын әмелге асырыўда мобиль видеокамерадан пайдаланыўы ҳәм бул ҳаққында жол ҳәрекети қатнасыўшыларына мәлим етиўге мәжбүр есапланады.
Еслетип өтемиз, жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметлериниң барлық хызметкерлери мобиль камералар менен хызмет жүргизиўи кереклиги ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев 2017-жылдың декабрь айында Олий Мажлиске мүрәжатында мәлим еткен еди.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-01-28 16:14:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine