Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-июльдан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе



Урбанизация процеслерин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Пәрман тийкарында, мәмлекетте урбанизация процеслерин түпкиликли жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары белгиленди.
Пәрманға муўапық, 2019-жыл 1-июльдан баслап:
- юридикалық шахслар имарат ҳәм сооружениелер, санаат инфраструктуралық объектлери жайласқан жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;
- физикалық шахслар жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайға хызмет көрсетиў ушын ажыратылған жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;
- меншиклестириў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының қарары тийкарында әмелге асырылады;
- физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен меншиклестирилген жер участкалары жеке мүлк ҳәм қол қатылмас есапланады;
- меншиклестириў тек ғана кадастр ҳүжжетлери болған жағдайда ҳәм Ҳүкимет тәрепинен белгиленетуғын муғдарларда пуллы тийкарда әмелге асырылады.

Ислам Матеков.
Дерек: http://karinform.uz
    2019-01-14 11:19:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine