Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

  1-декабрь Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил бийлиги  берилген күни



1989-жыл 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил атағы берилди. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 4-статьясында қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили болып табылады, делинген.
Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде Усы санеге арналған «Ана тилим – дана тилим!» атамасындағы ҳәптелик өткерилди. Бул ҳәптеликтиң мақсети университет студентлери арасында қарақалпақ тил байлығын жетилистириў, ой-өрисин өсириў, еркин пикир айтыў уқыплылығын раўажландырыў, ана тилимизге, халқымыздың миллий қәдириятларына муҳаббат сезимлерин арттырыўдан ибарат.
Ҳәптелик даўамында ана тилимизге байланыслы түрли таңлаўлар шөлкемлестирилди.  
Таңлаўлардың жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
 
    2017-12-01 12:31:58 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine