Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-апрельден баслап Өзбекстанда мобиль байланыс операторлары жаңа частота режесине өтти



1-апрельден баслап Өзбекстан мобиль байланыс компаниялары жаңа частоталар режесинде ислеўди баслады. Beeline радиочастоталы каналларының бир бөлегин Ucell, UMS ҳәм Uzmobile компанияларына бергенин рәсмий жәриялады. Бул ҳаққында Beeline баспасөз хызмети «Газета.uz»ға хабар берген.
Өткен жылдың май айында Радиочастоталар бойынша республика кеңесиниң қарарына муўапық ири байланыс операторы Beeline 2017-жыл 1-октябрьге шекем даўыслы радио частоталардың дерлик ярымын спектрди қайта бөлистириў ушын бәсекилеслер пайдасына бериў усынылған еди.
Бир неше раундлы сөйлесиўлерден соң, радиочастоталар бойынша республика кеңеси 2017-жыл 11-сентябрьде жаңа радиочастота режесине өтиў дәўирин 2018-жыл 1-апрелине шекем создырыў ҳаққындағы қарар қабыллады, сондай-ақ базардың барлық қатнасыўшыларына бир ўақыттың өзинде технологиялық бийтәреплилик усынылды.
Бул ҳүжжетке муўапық, енди мобиль байланыс операторлары 900 ҳәм 1800 МГц частоталарында тек ғана «дауыслы» 2G стандартын емес, ал 3G ҳәм 4G технологияларын раўажландырыў ҳуқықына ийе.  Әпиўайы етип айтқанда, мобиль байланыс операторлары мәмлекеттиң ең шетки халық жасаў пунктлерин оператив Интернет пенен тәмийинлеў имканын береди.
Буннан алдын режеленгендей, март айының соңғы күнинде тараў жетекшиси 900 ҳәм 1800 МГц частоталардағы радиочастотаның 47 процентинен пайдаланыўдан бас тартты. Жақын күнлерде басқа мобиль байланыс операторлары да Beeline`ның бос каналлары жәрдеминде жаңа радиочастота режесине өтиўи керек.
    2018-04-02 12:22:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine