Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

1-апрельден баслап бақшаға балаларды қабыллаў тәртиби өзгерди



karinform.uz сайты qalampir.uz’ға тийкарланып хабар бериўинше, 2018-жыл 1-апрельден баслап балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин алыў ушын физикалық шахслар тек ғана мәмлекет хызметлери орайлары ямаса бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлери порталы арқалы мүрәжат етеди.
Жолланбалар мәкемелерде орынлар босаған күни нәўбетке муўапық рәсмийлестириледи. 
Бунда жеңилликли дизимге киргизилгенлер бойынша улыўмалық дизимге киргизилгенлерге қарата биринши нәўбетте рәсмийлестириледи. 
Нәгиранлығы болған шахслардың балалары, үш ямаса еки ҳәм оннан да көп балалары болған шаңарақлардың балалары, әскерий хызметкерлердиң ҳәм қәўипсизлик хызмети органлары хызметкерлериниң балалары, студентлер ҳәм педагоглардың балалары, жетим балалары ямаса ата-анасының қараўысыз қалған балалар, әжағасы ямаса әжапасының усы мәкемениң тәрбияланыўшылары болған балалар жеңилликли дизимге киргизиледи. 
Балаларды мәкемеге қабыллаў бойынша мәмлекет хызмети бийпул әмелге асырылады.
 
    2018-04-04 07:21:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine