Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Журналистлер ушын гендер теңлиги ҳәм кеңпейиллик темаларын жарытыў бойынша аймақлық тренинг өткерилди



 
Усы жылдың 10-11-июнь күнлери Үргениш қаласында Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы журналистлери ушын «Гендер теңлиги ҳәм кең пейиллик темаларын жарытыўда журналистлердиң потенциалын арттырыў» атамасында тренинг болып өтти.

Тренинг Anhor.uz интернет басылымы тәрепинен ЮНЕСКОның «Ғалаба хабар қуралларында «Ғәзеп тили»: гендер өлшеми» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген болып, жойбар шериги Өзбекстан Жаслар аўқамы.

Гендер теңлиги ҳәм ҳаяллардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў ЮНЕСКОның ең баслы бағдарларының бири, сондай-ақ бул Өзбекстанның 2017-2021-жылларға белгиленген раўажланыў Стратегиясының тийкарғы бағдарларының дизимине киргизилген.

Тренинг қатнасыўшылары еки күн даўамында гендер теңлиги, кеңпейиллик, медиаларда гендерге тийисли «ғәзеп тили»н анықлаў ҳәм алдын алыў технологияларындағы билимлерин асырды.

Тренинг барысында журналистлер гендер темасындағы өзгешеликлер, гендер теңлиги ҳәм кең пейиллик темаларын жарытыўда журналист тәжирийбеси, кәсиплик этикасы, аудитория менен байланыс бағдарындағы тыңлаўшыны психологиялық портретин есапқа алыў сыяқлы мәселелер бойынша өзлериниң көнликпелерин арттырды.

 
    2019-06-12 15:37:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine