Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жумысқа қабыл етиўде ендигиден былай прописка талап етилмейди



Сенаттың он жетинши улыўма мәжлисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам мақулланды.
Нызам менен киргизилген өзгерислерге муўапық зийнешилик ушын жәрийма муғдары асырылды, бул жумыс пенен шуғылланыў ең кем айлық ис ҳақының үш есесинен жети есесине шекем жәрийма салыныўына алып келеди (алдын ең кем айлық ис ҳақының бир есесинен үш есесине шекем).
Усы ҳуқықбузарлық бир жыл даўамында тәкирар исленген болса  ең кем айлық ис ҳақының жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады (алдын ең кем айлық ис ҳақының үш есесинен бес есесине шекем муғдарда жәрийма).
Он алты жасқа толыўы мүнәсибети менен өз ўақтында паспорт алмағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайтуғынлығы белгиленди (буның ушын 18 жасқа шекем паспорт алыўы керек).
Жумысқа қабыл етиўде ендигиден былай прописка талап етилмейди бул ҳаққында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм Мийнет кодексине тийисли өзгерислер киргизилди.
- атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстен ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз жасап турған пуқараларды жумысқа қабыл етиў ушын жумыс бериўшини ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўға тийкар болыўшы 223-2-статьясы шығарып тасланды.
- тап сондай, Мийнет кодексинен де жумысқа кирип атырған шахс ўақтынша ямаса турақлы пропискасыз ямаса турған орны бойынша есапта турмаған болса жумысқа қабыл етиўди бийкар етиў мүмкинлиги ҳаққындағы қағыйда шығарып тасланды.
 Еслетип өтемиз, Нызам күшке кириўи ушын Президент тәрепинен қол қойылыўы ҳәм белгиленген тәртипте рәсмий түрде жәрияланыўы лазым.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
 
    2018-12-14 12:17:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine