Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ЖӘМИЙЕТЛИК ҚӘЎИПСИЗЛИКТИ ТӘМИЙИНЛЕЎДЕГИ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ



 Усы жыл 9-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша быйылғы жылдың өткен еки айында исленген жумыслардың жуўмағы, алдағы үш айда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға бағышланған  мәжилис болып өтти.
 Видеоселектор тәризинде өткерилген илажға Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Прокуратура, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының, Кегейли, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Әмиўдәрья районларының 4 сектор басшылары, министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов басқарып барды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Махмудов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов шығып сөйлеп,  быйылғы жылдың өткен айларында исленген жумыслар, алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 10-февраль күни  болып өткен мәжилисте, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында өткен жылы жол қойылған кемшиликлер талқыланып, алда  турған ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соның менен бирге, «Жол картасы» тастыйықланып, оның орынланыўы қадағалаўға алынды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында» бийлиги тийкарында арнаўлы штаб дүзилип, Арқа-батыс әскерий округинде 94 саатлық оқыў курсы шөлкемлестирилди. Оны бүгинги күнге шекем үш жүзге шамалас ишки ислер уйымлары хызметкери  табыслы тамамлап, олардың кәсиплик таярлығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Тыңлаўшылар курстан бос ўақытларында Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери менен бирге Нөкис қаласында 49 бағдар бойынша пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында жумыс алып бармақта.
Белгиленген режеге муўапық, республикамыз аймағындағы 411 өзин-өзи басқарыў уйымындағы, 706 оқыў орнындағы 18,7 мыңнан аслам оқыўшы-жаслардың қатнасында 263 мәрте руўхый-ағартыўшылық, 171 мәрте ҳуқықый, 261 мәрте әскерий-Ўатанды сүйиўшилик, 231 мәрте спорт жарысы өткерилди. Өткен қысқа дәўирде әмелге асырылған бул илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-декабрьдеги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында профилактика инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшиси лаўазымына талабанлардың дизими қәлиплестирилмекте. Жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси,  Ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссия, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жақыннан жәрдем бермекте.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Хатамов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министриниң орынбасары А.Икрамов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының биринши орынбасары Т.Нурметов, Миллий гвардияның топар командири М.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова шығып сөйлеп, алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Мәжилисте Кегейли, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Әмиўдәрья районлары 4 сектор басшыларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыўда жол қойылған кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарыў бойынша мәлимлемелери тыңланды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-03-12 11:28:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine