Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын ҳәр айлық мәжбүрий төлемлер ставкасы 2%ке көтерилди



Президенттиң 29-декабрьдеги ПҚ–3454-санлы қарары менен жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине мәжбүрий төлемлердиң жаңа ставкасы тастыйықланды. Бул ҳаққында Norma.uz хабар бермекте.
2017-жылда пуқаралардың жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын ҳәр айлық мәжбүрий төлемлери физикалық шахслардың дәрамат салығы салынатуғын дәраматларынан 1% муғдарында есаплап шығылатуғын еди.
2018-жыл 1-январьдан баслап жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын ҳәр айлық төлемлер муғдары 2%ке шекем көтерилди.
Бунда физикалық шахслардың дәрамат салығының жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине өткерилетуғын қаржылар суммасына кемейтилиў тәртиби сақланып қалынды.
 
    2018-01-05 07:09:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine