Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жеңисбек Пиязов: "Москва қаласында жеке концертимди қойыўды жобаластырғанман"



Қосық атқарыўшылық өнеринде тийкарғы жоқарғы мектеби Италия болған, қурамалы ҳәм оғада нәзик опера жанрының дүнья мәдениятындағы орны гиреўли болып табылады. Инсанның нәзик кеўил тарларына қозғаў салатуғын бул жанрдың Қарақалпақстанда раўажлана баслағанына елиў жылға шамалас ўақыт болған болса, усы өткен жыллар ишинде бул өнердиң өз алдына мектеби жаратылды. Б.Надиров, И.Хожаметов, М.Хожаниязов, С.Кенжалиева. А.Қаллиев сыяқлы көплеген устаз дөретиўшилер тәрепинен шыншырма-шынжыр даўам етип келмекте.
Халқының, устазларының исенимин ақлап, бир неше республикалық ҳәм халықаралық таңлаўларда илҳам тулпары бас бәйгини ҳеш кимге бермей киятырған Өзбекистанға ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Жеңисбек Пиязовтың тек ғана Өзбекистанда емес, ал пүткил жер жүзинде белгили атқарыўшылардың бири болып киятырғаны биз жерлеслери ушын үлкен мақтаныш.
Жақында Тахтакөпир ҳәм Мойнақ районларында  Ж.Пиязовтың Ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы алдынан «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» деген бас сүренди алға қойған бийпул концерт бағдарламалары болып өтти. Биз усы концерт даўамында Жеңисбекти сәўбетке тартып, бир-еки сораўымызға жуўаплар алдық.
Бул концерт бағдарламаларын шөлкемлестириўге сизге не нәрселер тәсир жасады!
– Ҳүрметли Биринши Президентимиз И.Ә.Кәримовтың атап өткениндей «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек». Концертти шөлкемлестириўде тийкарғы түртки болған нәрсе әлбетте, бәринен бурын, туўылған жер сағынышы. Себеби, мен қандай табысқа ерискен болсам туўылған топырағымның қоллап-қуўатлаўы арқалы, деп билемен. Буннан бир неше жыл алдын республикамыздағы мәдений илажлар шеңберинде сахналас устаз аға ҳәм апаларым А.Солиев, Г.Мамазаитова, А.Санаев ҳәм басқа да белгили атқарыўшылар мине, усы Тахтакөпир районында халық пенен пикирлесип, Ташкентке келгеннен соң маған:  «Жеңисбек, биз сизге ата журтыңыздан үлкен сәлем алып келдик. Сиз Өзбекистанға хызмет көрсеткен, Қарақалпақстан халық артисти Зийнел Пиязовтың ақлығы екенсиз ғой!», деген сөзлеринен шынын айтсам жүдә-жүдә тәсирлендим. Соннан ата мәканымда концерт бериўди кеўлиме түйип қойдым. Мине, өзиңиз көрип гүўасы болғаныңыздай, бул мақсетим әмелге асты, ықласбентлеримизге концерт унады, деп ойлайман.
Cиз сырт еллерде, соның менен бирге, Ташкенттеги үлкен сахналарда қосық атқарып киятырсыз. Бул бағдарда быйылғы жылы 12-май күнги «Истиқлол» көркем өнер сарайында берген концертиңизди мысал етип көрсетсек болады. Бүгинги концерт пенен сол саўлатлы сахнада болып өткен концерттиң өзгешелиги туўралы не айта аласыз!
– Әлбетте, еки сахна арасында жүдә үлкен парық бар. «Истиқлол» көркем өнер сарайындағы жеке концертимди тамашалаған болсаңыз, ол жерде сахна мүмкиншилиги, улыўма айтқанда, барлық имканиятлардың жаратылғанын айрықша атап өтиўимизге болады. Сондай-ақ, ең әҳмийетлиси, залда ҳақыйқый көркем өнерди, соның ишинде, операны түсинетуғын зийрек ықласбентлердиң жыйналғаны менен де парықланады. Ал, бүгинги киши көлемдеги концертке келетуғын болсақ, туўылған жерге деген жалынлы сағынышлы сезимлериңди қосыққа салып аўылласларыңа жеткериў де бир бахыт. Жыйналған ықласбентлеримди операны түсинбейди, деген пикирден жырақпан. Концерт даўамында барлық буўындағы, ҳәттеки, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери де ҳәттеки, репертуарымдағы айрым дөретпелерди соранып тыңлады. Демек, олардың көкирегинде көркем өнерге деген ушқынлар бар. Концертти шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсетимиздиң өзи де жәмийетшилигимизге, ўатанласларымызға, әсиресе, өсип киятырған жасларымызға опера өнерин үгит-нәсиятлаў болып табылады.  Келешекте олардың арасынан көплеген талантлылар жетилисип шығатуғынына исенимим кәмил.
Операда саз, ҳаўаз ямаса ырғақ биринши орында тура ма, яки тексттиң мазмуны ма!
– Тыңлаўшыға бир қарағанда ҳаўаз әҳмийетли болып көринеди. Шынында да ҳаўаздың орнын ҳеш нәрсе баса алмайды. Бирақ, зийрек тыңлаўшы тексттиң мазмуны менен ырғағына да әҳмийет қаратады. Басқа жөнелислер сыяқлы опера  атқарыўшылығында да ҳәммесиниң өз орны, әҳмийети бар, деп, билемен.
Жеке өзиңиздиң кеўлиңизден шыққан, келешегинен айрықша үмит күттиретуғын шәкиртлериңиздиң қайсы бирин айрықша атап өтер едиңиз!
– Өзимди еле устазлық дәрежесине жеттим, деп ойламайман. Деген менен, Ташкенттеги, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы байрам илажларында көрисип қалғанда, дөретиўшилик бойынша мәсләҳәтлер сорап туратуғын «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Н.Мухаммедяров, А.Кәримбаев ҳәм А.Пиязов сыяқлы инилериме қолдан келгенше жол-жобалар берип тураман. Опера жанры аңсат жанр емес. Ол атқарыўшыдан бәлент лапыз бенен бирге жоқары билимди талап етеди. Соның ишинде, атқарыўшы шет тиллерин билиўи, интернет арқалы жәҳән опера дурдалары менен турақлы танысып барыўы керек. Усы көз-қарастан қарағанда бул атқарыўшылар еле де өз изленислерин тынымсыз даўам етсе мақсетке муўапық болар еди.
Келешектеги дөретиўшилик нийетлериңиз!
– Келешектеги нийетлерим, ис-режелерим талай ғана. Мәмлекетлераралық гастроль сапарлар, Өзбекистан көлеминде, соның ишинде, пайтахтымыз Нөкис қаласында да жоқары дәрежедеги концерт бағдарламаларымды қойыў ойым жоқ емес. Ең баслысы, быйыл Москва қаласында жеке концертимди қойыўды жобаластырғанман. Ҳәзир бул бойынша шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.
Халқымызға байрам тилеклериңиз!
– Мине, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде пүткил Өзбекистанымызда, сондай-ақ, Қарақалпақстанымызда көплеген дөретиўшилик жумыслары избе-из әмелге асырылмақта. Барлық тараўлардағы жетискенликлер, Нөкис көшелериндеги үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, бағ ҳәм қыябанлар, ағысы мәўижли Әмиўдәрьямыз кеўиллерди толқынландырып, көзлерди қуўандырады. Өзбекистан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың «Бул жер еле зор болады» деген қатарларына бүгин «Бул жер зор болды, зор болмақта», деп жоқары октаваларда жуўап бергиң келеди.  Әлбетте, бул табыслардың түп-тийкары тиккелей Ғәрезсизлигимиз бенен тығыз байланыслы. Солай екен, барлық ўатанласларымды бул – ең уллы ҳәм ең әзийз байрам менен шын жүректен қутлықлайман. Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!
Өз гезегинде биз де, елимиздиң, әсиресе, биз журтласларының үлкен мақтанышына айланып атырған тулпар шабыслы таланты Жеңисбек Пиязовқа бәрҳәма тилеклес ели-халқың жылаўдарың болсын, бәлент ҳаўазың дүнья бойлап шарықлай берсин деймиз.
 
Сәўбетлескен: Ч.ЕЛМУРАТОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы
    2017-07-27 05:54:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine