Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Жаслар Пресс клубы» хабарлары



Қарақалпақстанда 34 шахс Президент кеширимине тийкар азатлыққа шығарылды
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳукықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы Кеңесбай Нурабуллаевтың 9-январь күни Нөкис қаласындағы Жаслар Орайында Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жаслар Пресс клубы»ның биринши сессиясында берген мағлыўматына қарағанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жынаят ислегенликте айыпланып жазасын өтеп атырғанларға кеширим бериў ҳаққындағы пәрманына тийкар 2017-жылы Қарақалпақстан Республикасында 34 пуқара азатлыққа шығарылған. Соннан үшеўи жаслар. Кеширим алғанлардың бәрлығы биометрикалық паспорт пенен тәмийинленди. Кеширилгенлердиң екеўи ден саўлығына байланыслы емлеўханаға жатқарылған болса, қалғанлары жумысқа орналастырылған. Сондай-ақ, бул пуқараларға ең кем айлық ис ҳақысының (2017-жыл 1-декабрьден 172 240 сўм.) алты есеси муғдарында жәрдем пулы берилген. Бул пуллар пуқараларға биометрикалық паспорт алыў ушын ҳәм жумысқа орналасқанша қаржылай жәрдем сыпатында берилген. Азат етилгенлердиң қайта жынаят ислемеўи ушын олар Ишки ислер органлары тәрепинен есапқа алынған.
3-Қөс-көлде усы жылы жаңа мектеп салыныўы режелестирилген
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяповтың берген мағлыўматына қарағанда, усы жылғы мәмлекетлик бағдарламаға Қарақалпақстан Республикасында 40 мектепте оңлаў ҳәм реконструкция жумысларын ислеў киргизилген. Соннан усы жылы Қарақалпақстанда еки мектеп жаңадан салыныўы режелестирилген. Солардан биреўи Төрткүл районында, екиншиси Нөкис қаласындағы Қос-көл 3 аймағында салыныўы режелестирилген.

 
    2018-01-10 07:15:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine