Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жаслар аўқамы айырым студентлер контрактиниң 35%тин төлеп береди



Төлемли-контракт тийкарында бакалавриат басқышында оқып атырған студентлерге материаллық жәрдем екинши басқыштан баслап бериледи.
2018-жыл 10-январь күни Әдиллик министрлигинде төлем-контракт тийкарында билим алып атырған студентлерди Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртиби мәмлекет дизиминен өткерилди. Оған муўапық, Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен төлемли-контракт тийкарында билим алып атырған студентлерди қоллап-қуўатлаў тәртиби белгиленген.
Ҳүжжетте, төлем-контракт суммасының 35 проценти Өзбекистан жаслар аўқамы тәрепинен бакалавриат ямаса магистратура басқышында оқып атырған студентлерге төлеп бериўи көрсетилген.
Буның ушын төлемли-контракт тийкарында оқып атырған студент, Өзбекистан жаслар аўқамы белсенди ағзасы болыўы, орташа өзлестириў көрсеткиши 86% ҳәм оннан жоқары болыўы, шәртнамада белгиленген төлем муғдарының 65%тин белгиленген муғдарда төлеўи керек болады.
Ҳәр жылы 10-февральдан 15-февральға шекем жоқары оқыў орынларының Жаслар Кеңеси талабанлардың арзаларын көрип шығады ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў ушын усыныс етиў бойынша қарар қабыллайды.
Бунда Жаслар Кеңеси талабанларды усыныўда Жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми искерлигиндеги қатнасы, олимпиадалар ҳәм спорт жарысларындағы нәтийжелери, шөлкемлестириў ҳәм жетекшилик қәбилетлери, илимий ҳәм дөретиўшилик искерлиги нәтийжелерин есапқа алады.
Қосымша контракт тийкарында бакалавриат басқышына оқыўға кирген студентлерге материаллық жәрдем екинши басқыштан баслап бериледи, депжазады uznews.uz.
    2018-01-11 10:40:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine