Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Жақыннан баслап Нөкистеги мәмлекетлик хызметлер орайынан жаңа үлгидеги айдаўшылық гүўалығын алыўға болады



2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң түрлери және 31 ге көбеймекте. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти. Бул хызметлер қатарында миллий транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў де киргизилген. Ҳәзирги ўақытта транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў ямаса алмастырыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў Ташкент қаласының Мирабад, Юнусабад, Учтепа, Шайхонтоҳур районлары ҳәм Наманган қаласындағы мәмлекетлик хызметлер орайларында енгизилген. 2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап бундай гүўалықларды алыў ямаса алмастырыў Нөкис қаласындағы мәмлекетлик хызметлер орайында да әмелге асырылыўы режелестирилген.
 
    2018-05-21 12:09:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine