Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

“Ўзпахтасаноатэкспорт” холдинги тамамланбақта



Өзбекистан Республикасы Президенти 2017-жыл 17-октябрь күни «Өзбекистан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерин өз күшин жоғалтқан деп есаплаў ҳаққында»ғы пәрманын тастыйықлады.
Атап өтилиўинше, пәрман пахта тазалаў ҳәм май санааты кәрханаларын басқарыў системасын еле де оптималластырыў ҳәм жетилистириў мақсетинде тастыйықланды.
Холдингди тамамлаў ушын тийисли комиссия дүзиледи. Комиссия 15 күн мүддетте тийисли министрликлер ҳәм мекемелер менен биргеликте керекли шараларды көреди.
Еслетип өтемиз, «Ўзпахтасаноат», «Ўзпахтаэкспорт» ҳәм «Ўзпахтаёғ» қәнийгелестирилген бирлеспелерди бирлестирген «Ўзпахтасаноатэкспорт» компаниясы 2015-жылдың гүзинде шөлкемлестирилген еди.
 
    2017-10-19 08:14:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine