Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ўатанды қорғаў уллы ўазыйпа



 2018-жыл 12-январь күни 10:00 де Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы мәжилислер залында Өзбекистан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен «Ўатанды қорғаў – муқаддес миннет» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекистан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, Миллий қәўипсизлик хызметиниң әскерий бөлими, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы оқытыўшы ҳәм студент жаслары ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ғәрезсизлик жыллары мәмлекетимизде шөлкемлестириў жағынан жетик, тез ҳәм ҳәрекетшең, заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникаға ийе миллий армияны жаратыў жолында кең көлемли ислер әмелге асырылыўы нәтийжесинде миллий армиямыз елимиз ғәрезсизлиги, оның қәўипсизлиги, аймақлық пүтинлиги ҳәм халқымыз тынышлығының исенимли кепилине айланды.
Илажда сөзге шыққанлар атап өтилгениндей мәмлекетимизде 14-январь Ўатан қорғаўшылары күнин миллий байрам сыпатында үлкен салтанат пенен белгилеў өзине тән дәстүрге айланған. Бул бийкарға емес әлбетте емес, әлбетте. Сиз ҳәм биздиң бүгингидей тыныш, қәтержам турмысымыз қураллы Күшлеримиз тәрепинен исенимли тәризде қорғалып келмекте, мине усындай жуўапкершиликли ўазыйпаны шын кеўилден, раўажланыўымыздың турақлылығына себепши болып атырған жигитлеримизди хәр канша мақтасақ, көкке көтерсек, арзыйды.
Миллий армиямыз ҳәзирги күнде дүнья әскерий қурылысының ең алдынғы тәжирийбелерин өзинде жәмлеген, миллий әскерий өнер дәстүрлерин жоқары садықлық пенен даўам еттирмекте. Қураллы Күшлеримизде алып барылып атырған ең әҳмийетли әмелий нәтийже, ҳеш бир гүмансыз, армиядағы мәнаўий орталықтың пүткиллей жаңаланғанында көринбекте. Әскерий жәмәәтлерде әскерий хызметкерлер ортасындағы мүнәсибетлер, ең тийкарғысы, жәмийетимизде армияға ҳәм әскерий хызметке болған көз-қарас пүткиллей өзгерген. Қураллы Күшлер қатарында хызмет етиў Өзбекистан пуқарасы ушын енди тек ғана конституциялық миннет емес, ал, үлкен мақтаныш, абырайлы кәсиплерден бирине айланды. Мүддетли әскерий хызметке шақырыў бир жылда бир мәрте шөлкемлестирилиўи, сержантлар қурамының сапа жағынан сезилерли дәрежеде күшейгени миллий армиямыздың келбети ҳәм мазмун-мәнисин түптен өзгертиўге, әскерий таярлығын раўажландырыўға хызмет етпекте.
Илаж соңында студент жаслар тәрепинен концерт бағдарламасы ҳәм әскерлер турмысын сәўлелендирген, ҳәзиллерге бай болған сахналық көринислер жыйналыс қатнасыўшыларына қойып берилди.
 
Мырзахмет Тажимуратов
ӨзМТДП ҚР Кеңеси
жетекши қәнигеси
 
    2018-01-12 12:17:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine