Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ҳүкимет сааты: Парламентлик қадағалаўдың нәтийжели механизмлери әмелде



Усы жылдың 1-май күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына муўапық «Ҳүкимет сааты» өткерилди. Бул әмелият миллий парламент тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиў керек.
Депутатлардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақлары ҳәм жәмийетлик тараўдың жағдайы бойынша алып барған үйрениўлери және адамлардан келип атырған мүрәжатлардан келип шығып, сиясий партиялардың төменги палатадағы фракцияларының усынысларына бола «Ҳүкимет сааты»на «Республика халқының таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўинде және ишимлик  суўын үнемли жумсаўда алып барылып атырған жумыслар», сондай-ақ, «Халықты ҳәм медицина мәкемелерин арзан және сапалы дәри-дармақ қураллары ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлеў, әсиресе, орынларда социаллық дәриханаларды шөлкемлестириў жағдайлары» ҳаққындағы мәселелер киргизилди.
Бул мәселелер бойынша депутатларға мәлимлеме ҳәм олардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап бериў ушын Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлериниң жуўапкер басшылары мирәт етилди.
Илаж даўамында ҳүкимет ўәкиллери депутатлар тәрепинен қойылған мәселелер бойынша мағлыўмат берип, олардың қосымша сораўларына толық жуўап берди.
– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 12-июльде «Ҳүкимет сааты» институтын енгизиў ҳаққында өз пикир-усынысларын берген еди,-дейди эксперт Ихтиёр Беков. – Нызамшылық палатасында «Ҳүкимет сааты»ның өткерилиўи Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген жәмийетте парламенттиң ролин арттырыўға қаратылған илажлардың әмелдеги белгиси болып есапланады. Илаждың әҳмийетинен келип шығып, оның нәтийжели өткенин атап өтиў тийис. Бул институт бириншиден, ҳүкиметтиң парламент пенен қатнасықлардағы жуўапкершилигин арттырса, екиншиден, орынларда топланып қалған, халықты ойландырып атырған мәселелерди шешиўге хызмет етеди.
– «Ҳүкимет сааты» Ҳәрекетлер стратегиясында көрсетип өтилген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириў бағдарында да айрықша әҳмийетке ийе,-дейди эксперт Шоҳруҳбек Собиров. – Бул институт тек ғана Олий Мажлистиң атқарыўшы ҳәкимияттың үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўдеги ролин арттырыўға емес, ал болып өткен бүгинги илаждағы сыяқлы сайлаўшыларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўде әҳмийетли фактор болады.
Илаж соңында Нызамшылық палатасының комитетелерине бул тараўлардағы әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў усыныс етилди, соның менен бирге бул бағдардағы жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети   
    2018-05-02 11:29:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine