Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Xojelide deputat aralasıwı menen kóshe shıraqları jandı



 
Халық  депутатлары Хожели районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары ағзасы Светлана Мамутова 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде  “Водник” посёлка пуқаралар жыйыны халкы менен ушырасты. 
Бүгинги күнде “Водник” посёлка пуқаралар жыйынында 5 мың 866 халық тыныш-татыў жасап келмекте. Мәҳәлле пуқаралары тәрепинен көшелерди жақтыландырыўшы шырақлардың неше жыллардан берли жоқ екенлиги усы көше бойларына жақтыландырыўшы шырақларды қурып бериўде әмелий жәрдем сорады.
Бул бойынша депутат дәрҳал жумысқа киристи. Яғный, депутаттың басламасы менен  Хожели абаданластырыў басқармасының жуўаплы хызметкери Р.Алдамуратов өз монтёрлары менен көшеге жақтыландырыўшы шырақларды орнатты. Ҳәзирги күнде 32 столбаларға шырақлар орнатылды.  
Усы аймақ турғыны Б.Ешниязовтың үйинде де төрт жылдан берли  шырақ жоқ. 65 жастағы пуқара  Б.Ешниязов бир баласы менен төрт жылдан көбирек ўақыт шырақсыз отырған. Буны еситкен халық ўәкили Б.Ешниязовтың үйине барып, өзи менен сәўбетлесип, мүрәжаты унамлы шешилди. Депутаттың жәрдеми  менен үйге қайтадан нур кирди.
 
 
    2020-02-13 16:08:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine