Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ҳиндстанлы гастро-энтеролог-шыпакерлер Қарақалпақстанда



Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен алып барылып атырған илажлар тийкарында жақында пайтахтымызға Ҳиндстанның «Артемис»  клиникасының гастро-энтеролог-шыпакери Манзоор Ахмад Мирдиң басшылығында бир топар қәнигелер келип, тараў қәнигелери менен ушырасыўлар өткерди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте.
Олар Республикалық көп тармақлы медицина орайында «Ҳәмиледарлық дәўиринде ушырасатуғын баўыр кеселликлериниң профилактикасы ҳәм емлеў усыллары» темасында оқыў семинар өткерди.  Илажға республикамыздағы барлық қала ҳәм районлардағы медицина мәкемелериниң улыўма әмелият шыпакерлери, акушер гинекологлары қатнасты.
Сондай-ақ, олар  Қоңырат районлық медицина бирлеспесинде, Республикалық емлеўханада да болды. Наўқасларды көрип, шыпакерлер менен бирге тәжирийбе алмасыў илажлары әмелге асырылды.
Бул бағдардағы илажлар даўам етеди.
 
    2017-11-21 12:51:07 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine