Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ҳәкимлер бир жылда кеминде еки мәрте шет ел сапарына шығады



Өзбекистанда ҳәкимлер түрли тараўлардағы алдағы тәжирийбелерди үйрениў ушын бир жылда кеминде еки мәрте шет ел сапарларына шығады. Бул ҳаққында Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 11-январь күни болып өткен сыртқы ислер министрлиги ҳәм мәмлекеттиң шет елдеги елшиханалары искерлиги анализине арналған видеоселектор жыйналысында мәлим етилди, деп хабар берди мәмлекет басшысы баспасөз хызмети.
Ҳәкимлер бир жылда кеминде еки мәрте тийисли мәмлекетлерге хызмет сапарына қала қурылысы ҳәм аймақларды абаданластырыў, инфраструктураны раўажландырыў, заманагөй информация технологиялары, энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, санаат ҳәм аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў тараўларындағы алдағы шет ел тәжирийбесин үйрениў ушын барыўы шәрт.
Президент ҳәр бир елшиханаға мәмлекеттиң белгили бир аймағы ҳәм экономика тармағын бириктириў усынысын билдирди. Енди ҳәр бир елши жумыс күнин бириктирилген аймақ ҳәкими ҳәм тармақ басшысы менен телефон арқалы сөйлесиўден баслайды. Экспорт ҳәм туризмди раўажландырыў, бизнес кооперациясын күшейтиў бойынша анық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен байланыслы мәселелер оператив шешиледи.
 
    2018-01-15 06:26:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine