Universitette pitkeriw keshesi ótkerildi
Derek: karsu.uz
Усы жылдың 9-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында 2018-2019-оқыў жылы питкериўшилериниң салтанатлы диплом тапсырыў кешеси болып өтти.
Быйылғы оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 42 бакалавр тәлим бағдары бойынша жәми 2 мың 13 студент, 22 қәнигелик бойынша 86 магистрант питкерип шықпақта. Ҳәзирги ўақытта бул питкериўшилер республикамыздағы 950 ден аслам жумыс бериўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен “Жас қәнигени жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши” үш тәреплеме шәртнамалары рәсмийлестирилген болып, бүгинги күнде оларға оқыўды тамамлағаннан соң дүзилген шәртнамаларына сәйкес жумыс орынларына жолламалар бериў нәзерде тутылмақта.