Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Юмор-бәйги телевизиялық таңлаўы



Юморбек: Елимизде ҳәзилге қәбилетли инсанлар көп

Мәмлекетимизде юмор-сатира тараўына қызығыўшы ҳәм бул бойынша өзиниң дөретиўшилигин кең халыққа көрсетиўди қәлеўшилерди анықлаў ҳәм олардың талантын халыққа жеткериў мақсетинде «Юмор-бәйги» атамасындағы телевизиялық таңлаўын өткериў бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, «Ўзбекнаво» эстрада бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими, «Нөкис-ФМ» радиосы ҳәм «Юморбек-Махсет» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа қарар тастыйықлады.
«Юмор-бәйги» телевизиялық таңлаўының өткерилиў тәртиби менен танысың.
Таңлаўда қатнасыў тилегин билдиргенлер кастингнен өткериледи. Қатнасыўшылар төрешилер тәрепинен баҳаланады. Кастингнен өткен 24 қатнасыўшы 6 адамлық 4 топарға бөлинеди. Ҳәр топардан  3 жеңимпаз ярым финалға шығады. Ярым финалға шыққан 12 жеңимпаз шек тасланып 3 топарға бөлинеди. 4 адамлық 3 топар ярым финалда ойнайды. Ҳәр ойыннан тек 2 жеңимпаз қалады. Сол 6 адам финалға қатнасады ҳәм солардың ишинен 1-2-3-орын ийелери анықланады. Таңлаўдың тийкарғы шәрти - таңлаў қатнасыўшылары 5-10 минут ўақыт аралығында жеке ҳәзил таярлаўы керек.
Таңлаў бойынша Юморбекке сораўлар ҳәм оның бул сораўларға жуўаплары:
  1. Кастингнен 24 адам таңлап болынды ма?
Юморбек: Аўа.
  1. Қай жерден қатнасыўшылар көп?
Юморбек:  Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкистен.
  1. Ең жасы үлкени нешеде?
Юморбек: 40 та.
  1. Ең жасы кишиси не?
Юморбек: 16 да.
  1. Қызлар бар ма?
Юморбек: 2 жақсы, шаққан қыз бар.
  1. Қатнасыўшылардың ҳәзиллесиў қәбилети қай дәрежеде? Ямаса айтқан ҳәзиллери кызық па?
Юморбек: Күшли, жоқары дәрежеде.
  1. Бул таңлаўды телевидениеден қашан көрип басласақ болады?
Юморбек: Усы айдың ақырында (Л.Қ. интервью январьдың 13-сәнесинде алынды)
  1. Таңлаўды тамашалаўға кириўге бола ма?
Юморбек: Ол еки-үш күннен анық болады. Ҳәзир таңлаў «Жаслар орайы»ның кишкене залында болып атыр. Жақын күнлери үлкен залға көшемиз.
  1. Таңлаў қашан жуўмақланады?
 Юморбек: Таңлаў еки ай даўам етеди, соң жуўмақланады. Ал, ҳәзир таңлаўдың ҳәр бир басқышы Қарақалпақстан телеканалы тәрепинен сүўретке түсирип алынбақта. Ол монтажланып таярланып болғаннан кейин телевидениеде берилип баслайды. Оның эфирге берилиўи созылыўы мүмкин.
  1. Жеңимпазларға қандай саўға бериледи?
Юморбек: Жеңимпазларға берилетуғын саўға таңлаў жуўмақланаман дегенше ҳәзир режелестиргенимизден де үлкенирек болыўы мүмкин. Таңлаў жуўмақланғаннан кейин усы жылдың апрель айында таңлаўдың финалшыларына (тек 1,2,3-орынлар емес, финалға шыққан 6 қатнасыўшыға) өз алдына концерт бағдарламасы шөлкемлестирилип бериледи. Сондай-ақ, оларға Қарақалпақстан телеканалынан ҳәзил кеўил ашар көрсетиў таярлаў ҳуқықы бериледи. Буннан тысқары, жеңимпазлар Юморбек орайына шәртнама тийкарында жумысқа да алыныўы мүмкин.
 
Биз өз гезегинде таңлаўдың барлық қатнасыўшыларына табыслар тилеп қаламыз!

Лола Қаллыханова
«Нөкис-ФМ» радиосының бас редакторы

 
    2017-01-13 14:45:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine