Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Товарларды шет ел көргизбелерине алып шығыў әпиўайыластырылды



Президенттиң 2017-жыл 29-декабрьдеги ПҚ-3451-санлы «Шет мәмлекетлерде көргизбе илажларын өткериў ушын арналған товарларды алып шығыў тәртибин әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары жәрияланды. Бул ҳаққында Norma.uz хабар бермекте.
Усы жылдың 1-январынан баслап, исбилерменлик субъектлерине шет ел мәмлекетлеринде өткерилетуғын көргизбе ҳәм ярмаркаларда көрсетиў ушын арналған қуны 5000 АҚШ долларына шекем болған товарларды экспорт контракти дүзбестен ҳәм Бажыхана жүк декларациясын рәсмийлестирместен, товардың жүк ҳүжжетлерине муўапық алып шығыўға рухсат етиледи. Бирақ, бул тәртип дизим бойынша бир қатар шийки зат товарларына қолланылмайды.
Жойбар менен нәзерде тутылған, бул ҳаққында бажыхана органларын хабардар етиў тәртиби анықластырылды. Демек, исбилерменлик субъекти товарларды алып шығыўда кесип өтилетуғын шегара бажыхана постын көргизбеде ямаса ярмаркада оның қатнасыўы режелестирилип атырғаны, илаж өткерилетуғын орын, оның мүддети ҳәм ўақты, сондай-ақ, алып шығылатуғын товарлар ҳаққында хабардар етеди.
Жойбардың қалған қағыйдалары өзгериссиз тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында рәсмий жәрияланды. 
    2018-01-19 11:56:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine