Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Төрткүлде бир күнде 4 балалар бақшасы ашылды



Төрткүл районында 2018-жылы “Мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы” тийкарында 3 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси реконструкцияланды. 2 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде капитал оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм 1 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жаңадан қурылды.
“Мустақиллик” МПЖ аймағында 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 90 орынға мөлшерленген сондай-ақ, Төрткүл қаласы “Тўрткўл” МПЖ аймағындағы 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, “Кўна Тўрткўл” АПЖ аймағындағы реконструкцияланған 21-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси 140 орынға мөлшерленген ҳәмде “Шўрахон” АПЖ аймағындағы жаңадан қурылған 160 орынға мөлшерленген 33-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң 2019-жыл 6-апрель күни Төрткүл районы ҳәкими Я. Бабажанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Ш. Уснатдинова басшылығында ашылыў салтанатлы болып өтти. Ашылыў кешесине Төрткүл районы прокуроры Ө.Қудайбергенов Төрткүл районы мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы Р.Розумбетова ҳәм басқада тараў ўәкиллери қатнасты.
 
Дерек: http://qrmtv.uz
    2019-04-15 12:07:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine