Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Toqpaq ata» meshitiniń imaratı qayta qurılmaqta



Derek: paziylet.uz
 
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тийисли шөлкемлер менен келискен ҳалда Мойнақ районындағы «Тоқпақ ата» жоме мешитиниң имаратын заманагөй қала қурылысы тийкарында қайта қурыўға рухсат алған еди.
6-июнь күни Мойнақ районы ҳәкимияты, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўәкиллери ҳәм райондағы нураный ақсақаллардың қатнасында «Тоқпақ ата» жоме мешитиниң жаңа имаратының биринши гербишин қойыў мәресими болды. Мәресимге Мойнақ районы ҳәкими С.Данияров ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдиновлар қатнасты.
 
 
    2019-06-07 15:40:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine