Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

“Taza qala” jaslar akciyası ótkerildi



Derek: jaslarawqami.uz
 
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлиги басламасы менен 2020-жылдың 7-март күни Нөкис қаласы бойлап “Таза қала” ғалабалық көгалландырыў акциясы өткерилди. 3 мыңға жақын кеўилли жаслардан ибарат 50 отряд тәрепинен тийисли объектлерде, министрлик, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейтуғын жәми 2 мың 500 нан аслам жаслар тәрепинен “Дослық” каналы бойында, 5 мың 200ден аслам пуқаралар қатнасыўында мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында ғалабалық көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Акцияға жәми 10 мың 700 ден аслам адамлар қатнасты. Акцияға әскерий хызметкерлер ҳәм белсене қатнасты. Арқа-Батыс әскерий округи “Қоскөл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында, Миллий Гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасы “Гөне қала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында абаданластырыў илажларын алып барды. Акция ҳаққында толық мағлыўмат «Жаслар-лайф» көрсетиўинде бериледи.
 
    2020-03-09 13:09:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine