Халық депутатлары Ташкент ўәлаяты кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясы ҳаққында
5-январь күни Ташкент ўәлаятында халық депутатлары Ташкент ўәлаяты кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясы болып өтти. Сессияда қатнасып атырған Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәкимлердиң ўазыйпа ҳәм мәжбүриятлары өзгертилиўи ҳаққында айтқан. Бул ҳаққында kun.uz
хабар бермекте.
«Ҳәкимлер пахта менен шуғылланбайды. Билимлендириў ҳәм руўҳыйлық пенен бәнт болады. Пахтаны кластер системасы арқалы егемиз. Усы жылы ўәлаяттағы 4 районда кластер болады», - деп Президенттиң сөзлерин
келтирген «Xabar.uz».
Президент сондай-ақ, Ташкент ўәлаятындағы машқалалар, оларды шешиў жоллары ҳаққында айтқан, жуўаплыларға бул бағдарда тийисли тапсырмалар берген.
Президент видеоселектор даўамында Республика Бас прокуроры ҳәм Ишки ислер министрине ўәлаят прокуроры ҳәм ўәлаят ишки ислер басқармасы баслығын жумыстан алыў ҳаққында тапсырма
берген.
Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятындағы 4 районның салық ҳәм финанс бөлимлери басшылары ҳәммеси жумыстан алыныўы айтылған.
Президентимиз жергиликли бюджетти дурыслаў ҳаққында күйинип сөйлеген.