Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Ташкент-Самарқанд-Бухара-Хийўа-Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы түрде автобуслар қатнаўы жолға қойылады



Быйылғы жылы Өзбекстанда ири қалалар арасында жаңадан турақлы түрде қалалар аралық автобус қатнаўлары жолға қойылады. Бул ҳаққында 2019-2025-жылларда туризм тараўын раўажландырыў концепциясында келтирилген, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Жаңадан турақлы түрдеги жөнелислер үш үлкен жөнелисте пайда болады: «Ташкент-Самарқанд-Бухара-Хийўа-Нөкис», «Ташкент-Гүлистан-Жиззақ-Самарқанд-Қаршы-Термиз», «Қоқанд-Ферғана-Әндижан-Наманган».
Сондай-ақ, концепция республика регионлары арасында авиақатнаўларды раўажландырыў, темир жолларды жетилистириў ҳәм жаңаларын қурыў, сондай-ақ, тезжүрерэлектропоездлерден пайдаланыўды кеңейтиўди нәзерде тутады.
Барлық илажлар нәтийжесинде аймақлар арасында ишки саяхатшылар ағымы жылына 14 миллион адамнан 25 миллион адамға шекем көбейиўи күтилмекте.
 
    2019-01-09 10:21:26 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine