Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Сырдәрьяда реңли принтерден шығарылған 50 мың сўмлық купюраны өткергенлер усланды



 15-октябрь күни Ҳошимжонова К. атлы пуқара Ақалтын районы ИИБға мүрәжат еткен, деп хабар берди Сырдәрья ўәлаяты Ишки Иислер басқармасы.
Арзасында сол күни саат 23-30ларда, өзине тийисли болған Ақалтын районы, «Қамбарова Ойша» ЖТИ саўда дүканында саўда ислеп атырған ўақтында Epica маркалы, автомашинада төрт белгисиз шахслар келип, оннан 26 000 сўмға зат сатып алып, төлем ушын 50 000 сўмлық купюра берип кеткенин, олар кеткенинен соң 50 000 сўмлық купюра ҳақыйқый екенине гүман туўылып, бул ҳаққында ИИБ хызметшилерине хабар бергенин мәлим еткен. Алып барылған оператив тергеў ислери нәтйижесинде усы жағдай бойынша гүманда болған төрт адам усланған.
Мағлыўматтың толық тексти менен кешки эфиримизде таныстырамыз.
Сондай-ақ, тергеў ўақтында олар Ташкент ўәлаяты, Чиноз районы, Яллама МПЖ аймағында жайласқан «Балық» чайханасында аўқатланып, 235 000 сўм ишине 1 дана өтирик 50 000 сўмлық купюраны қосып, төлем еткени анықланып, усы купюра айғақлы зат сыпатында алынған.
Ўәлаят Ишки Иислер басқармасы 812-санлы жуўмағында, усынылған 2 дана серия номерлери бирдей болған АW 1617005 серия номерли 50 000 сўмлық купюралар тамшы себиўши реңли принтерда исленгени, бул технология Өзбекистан миллий валютасын ислеп шығарыў технологиясына сәйкес келмейтуғыны көрсетилген.
Усы жағдай бойынша Ақалтын районы Ишки Иислер басқармасы жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен гүманланыўшыларға Өзбекистан Республикасы ЖКниң 176-статьясы 2-бөлим «а» бәнти (өтирик пул ислеў ҳәм оларды өткериў) менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
 
    2017-10-17 12:16:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine