Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериў тәртиби әпиўайыластырылды



Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-мартдағы қарары менен суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериў бойынша мәмлекетлик хызметлери көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Усы Регламент пенен суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериў мүддетлери ҳәм усынылатуғын ҳүжжетлер саны қысқартылды, мәмлекетлик хызметин көрсетиў процессинде қатнасатуғын субъектлер арасында өз-ара байланысларды тек электрон формада мәлимлеме алмасыўы арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.
Суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериў мәмлекетлик хызметиниң мүддети 20 жумыс күнинен 13 жумыс күнине қысқартылды.
Сондай-ақ, суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат бериўге усынылатуғын ҳүжжетлер саны 7-16 данадан 4-7 данаға шекем кемейтилди.
Буннан тысқары, мүрәжат етиўшилер суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды арнаўлы тутыныў ушын руқсат алыў бойынша район (қала) мәмлекетлик хызмети орайларына өзи келген жағдайда ямаса Бирден-бир интерактив мамлекетлик хызметлери порталы арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.
Дерек: Әдиллик министрлигиниң Телеграмдағы каналы.
 
    2018-05-03 06:30:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine