Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Suw qáwipsizligi boyınsha shınıǵıw ótkerildi



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
Усы жыл 12-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2019-жыл 15-январьдағы арнаўлы буйрығына муўапық, «Түйемойын-Нөкис» регионлараралық суў қубырларынан пайдаланыў басқармасына қараслы Нөкис суў тазалаў қурылмасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.
Объекттиң пуқаралық қорғаныў структурасының газден қутқарыў, өрт қәўипсизлиги, медициналық хызмет көрсетиў топарлары авариялық қутқарыў ҳәм басқа да кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырды. Онда шәртли түрдеги, объектте жүзеге келген хлордың ҳаўаға тарқалыўы, өрт ақыбетлерин сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге биринши медициналық жәрдем көрсетиў илажлары әмелде сынап көрилди.
Оқыў-шынығыўына жәми 73 адам қатнасып, 9 арнаўлы техника тартылды.
 
    2019-06-14 16:44:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine