Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Супер контракт»лар ушын оқыў қашан басланады?



2017-жыл 20-июнь күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жоқары билимлендириў мекемелерине қабыллаў, студентлер оқыўын күшейтиў, қайта тиклеў ҳәм оқыўдан шетлестириў тәртиби ҳаққындағы нызамларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 393-санлы қарары қабылланған еди.
Оған муўапық, абитуриентлерди төлемли-контракт бойынша белгиленген квотадан тысқары қосымша түрде оқыўға қабыллаў тәртибине айдынлық киритилген. Әпиўайыластырып айтқанда, «супер контракт» әмелиятын енгизиў процесси қарар бәнтлери менен анық көрсетилген.
2017/18-жылғы мәмлекетлик қабыллаў имтиҳанларында жетерли балл топлай алмаған, студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер көтерилген ставка бойынша контракт-төлем суммасын төлеўге разы болса, оқыўды қәлеген Жоқары оқыў орны жанындағы Қабыллаў комиссиясына мүрәжат етип, жазба арза киритиўи соралады. Еслетип өтемиз, арза тапсырыў мүддети ертең, 10-октябрь күни жуўмағына жетеди.
Қосымша қабыллаўды әмелге асырыў усыныслары жоқары оқыў орынлары тәрепинен бойсыныўы бойынша министрлик ҳәм мекемелер менен келисилген ҳалда 15-октябрьге шекем Мәмлекетлик комиссиясына киритиледи ҳәм белгиленген сәнеден соң қосымша қабыллаў бойынша нәтийжелер жәрияланады.
Жоқары ҳәм орта-арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң Kun.uz басылымына хабар бериўинше, көтерилген ставка контракт-төлеми бойынша оқыўға қабылланған студентлер дизими усы жылдың 30-октябрь күни жәрияланады ҳәм соннан баслап олар оқыўын толық баслаўы мүмкин.
 
 
    2017-10-10 06:10:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine