Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Сулыў» автономерлердиң сатылыўы бюджетке неше сумлық пайда келтиргени мәлим болды



«Сулыў» автономерлердиң сатылыўы бюджетке 115 млрд сумнан аслам қаржы келтирди. Бул ҳаққында Spot Өзбекстан Республикасы товар-шийки зат биржасына тийкарланып хабар берди, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Жылдың тек ғана 11 айы даўамында биржа онлайн-аукционы арқалы улыўмалық муғдары 105,7 млрд сум болған 20 778 автономер сатылды. Ҳәр бир келисимниң орташа муғдары 5,1 млн сумды қураған. Декабрьде 2 мыңнан аслам автономерлер 10 млрд сумнан көбирек муғдарда сатылған.
Аукцион арқалы «сулыў» автономерлерди сатыў 2017-жылдың сентябрь айынан басланды. Сол ўақытта жыл жуўмақлары бойынша саўда көлеми 27,6 млрд сумды қураған еди.
Автономерлерди аукционда сатыўдан түсетуғын қаржының 80 проценти мәмлекетлик бюджетке ҳәм 20 проценти – ИИМ Материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, хызметкерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў қорына жибериледи.
 
    2019-01-15 11:18:07 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine