Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Studentlerge is gazinen saqlanıw túsindirildi



 Derek: kknews.uz
 
Соңғы жылларда республикамызда газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары менен байланыслы болған айрықша жағдайлар көп жүз бермекте. Әсиресе, бундай жағдайлар гүз-қыс мәўсиминде көп ушыраспақта.
Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студентлер менен ушырасыў өткерилди.
Газ ийсинен зәҳәрлениў ҳәр бир тутыныўшының үйинде пайдаланып атырған тәбийғый газдиң толық жанбаўы ақыбетинде жүзеге келеди. Бул адам организминиң дем алыў жоллары ҳәм органларына күшли тәсир етип, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди.
Республикамызда бундай унамсыз жағдайлар газ плитасының қараўсыз қалғанлығы, печь морысының тығылыўы, суў жылытыў шақапшасының қараўсыз қалдырылыўы, стандартларға жуўап бермейтуғын жылытыў үскенелеринен пайдаланыў сыяқлы итибарсызлықлар ақыбетинде келип шықпақта.
 
    2020-02-06 13:04:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine