Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Студентлер ушын мастер класс



Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Зульфия Қутыбаева Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультети студентлерине мастер-класс өтти.
Зульфия Қутыбаева өткен жылдың 3-9-ноябрь күнлери аралығында Өзбекстанның халық билимлендириў тараўының белсенди ўәкиллери, педагоглар менен биргеликте Қубла Корея Республикасының бир неше қалаларында жайласқан улыўма билим бериў ҳәм қәнигелестирилген мектеплеринде өз тәжирийбесин арттырып келген еди.
Педагог ушырасыўда Қубла Корея ҳәм Өзбекстан мектеплеринде келешек ийелерине билим бериў ушын жаратылған шараятлар, уқсаслықлар, өзгешеликлер ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.
– Бизлер сапар даўамында Корея Республикасының Сеуль, Инчеон, Седжонг, Теджон сыяқлы қалаларындағы мектеплерде болдық. Жаратылған шараятлар жоқары дәрежеде екенлигин айырықша атап өтиўим керек. Ең тийкарғысы, ҳәр бир мектепте ҳәр бир оқыўшыға деген итибар ҳәм ғамқорлық, муҳаббат ҳәммемизди де ҳайран қалдырды. Оқыўшылар мектепте өзлерин үйлеринде жүргендей емин-еркин сезинеди екен. Ҳәр оқыўшы ўақыттың қәдирине жетип, өз ўақытларын пайдалы жумысларға бағдалаўға әдетленген, – дейди педагог өз тәсирлери менен бөлисип.
Зульфия Қутыбаева өзи басшылық етип атырған мектепте буннан еки жыл алдын оқыўшылар ушын бийпул хызмет ететуғын кореец тилин үйрениў дөгерегин шөлкемлестиргени, тәжирийбели педагогтың бул басламасы Қарақалпақстан кореецлер ассоциациясы, ҳәттеки, Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы тәрепинен де қоллап-қуўатланғаны ҳаққында айтып берди.
Илаж даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.
 
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-02-27 15:45:29 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine