Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шымбайда «Жәмийетлик қадағалаў пунктлери» жумыс баслады



Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың басшылығында 15-ноябрь күнги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, бул бағдарда жүзеге келген  машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисиндеги белгиленген ўазыйпалардан келип шығып Шымбай районында «Жәмийетлик қадағалаў пунктлери» шөлкемлестирилди. Оған Ишки ислер бөлими, «Мәҳәлле», «Жаслар аўқамы» ҳәм бирлеспеген жаслардан ибарат жумысшы топарлары бириктирилди. Олардың тийкарғы мақсети аймақта ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, кафе, түнги кеўил ашар орынларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў болып табылады.Сондай-ақ, районда турақлы түрде түнги рейдлер өткерилмекте. Рейд алдынан Ишки ислер бөлиминде әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгиленип алынады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар бермекте.
 
    2017-12-04 12:26:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine