Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шоманайда жаңа еки объект пайдаланыўға тапсырылды



Шоманай районында бир күнде еки жаңа объект – Бәнтликке көмеклесиў ҳәм Мәҳәлле орайлары имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етпекте. Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасында 2017-жылдың бағдарламасына қосымша түрде бир қатар жаңа жойбарларды әмелге асырыў, соннан Шоманай районындағы жарамсыз жағдайға келип қалған районлық бәнтликке көмеклесиў орайының имаратының орнына басқа жаңа админстративлик имарат қурыў бойынша тапсырма берген еди. Қарақалпақстан Республикасы Мийнет министрлиги тәрепинен имараттың үлги жойбары белгиленди. Район ҳәкиминиң арнаўлы қарары менен улыўма майданы 373 квадрат метрден зыят жер майданы ажыратылып, жойбар баҳасы 512 миллион сумнан артық болған усы объектти «Кегейли қурылыс монтаж» кәрханасы қурылысшылары өз ўақтында питкерди.
Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле институтын және де муўапықластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў тийкарында улыўма жойбар баҳасы 765 миллион сум болған «Мәҳәлле» орайының заманагөй имараты да қысқа ўақыт ишинде бой тикледи.
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 25-жыллығы қарсаңында усы еки социаллық әҳмийеттеги имаратлардың гилти өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев қатнасты.
 
    2017-12-11 07:08:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine