Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Shomanayda úlgili seminar ótkerildi



Derek: shomanay.rk.uz
 
Жақында Шоманай районы “Мамый” аўылында жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын жәнеде қоллап-қуўатлаў ҳәмде шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыўға арналған семинар өткерилди. Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри Сағындық Турманов район ҳәкими менен биргеликте “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынындағы шаӊарақлар жағдайлары ҳәм машқалаларын үйренди ҳәм жумыссыз болған пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен жолламалар берилди. Пуқаралар жыйынындағы имкәнияты шекленген шаңарақлардың қыйтақ жерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен берилген мийўе нәллери отырғызылды. Сондай-ақ “Мамый” аўыл пуқаралар жыйынындағы бәнт болмаған 3 жасқа районлық ҳәкимияты фонды жер майданларынан  1 гектардан жер берилди.
 
    2020-03-02 13:37:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine