Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шоманайда Өзбекстандағы биринши қамыстан азықлық ислеп шығыў кәрханасы қурып питкерилди



Мағлыўматларға қарағанда, кейинги 19 жылда Аралбойы халқы арасында аллергия менен аўырғанлар саны 20 есеге көбейген.
Қамыстың гүллеген ҳәм қуўраған дәўиринде адамлар оннан азап шекпекте. Не ислеў керек? Бул сораўға «Шоманай қыйтақ жер хожалығы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ўәкиллери жуўап тапты. Олар Өзбекстанда биринши болып қамыстан азықлық ислеп шығыў кәрханасын қурып питкерди.
– Шарўа азықлығы ушын керекли болған клечатканың ең көп муғдары жоңышқа ҳәм қамыста болады екен, – дейди «Шоманай қыйтақ жер хожалығы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Роллан Алланиязов. – Әсиресе, балық ушын әҳмийетли болған бул азықлық қамыста көп екенин илимий дәлиллеп бердик. Усы күнлерде қуўраған қамысты фермерлер жағып, егин егиў ушын жер ашатуғын мүддет екен. Биз болса оларға жақыннан жәрдем берип, әне усы қамысларды жыйнап, резерв таярладық. Кәрханамыз күнине 20 тонна қамысты қайта ислеп, азықлық таярлай алады. Қамыс бир жылда еки мәрте зүрәәт беретуғынын есапқа алсақ, шийки заттан машқала болмайды. Ҳәзир «Өзбалықсанаат» ассоциациясынан ири буйыртпа алдық. Сондай-ақ, буйыртпа тийкарында оның қурамын қарамал, қой ҳәм қусларға керекли витаминлер менен байытып барамыз.
Усы күнлерде сырт ел инвесторы Роллан Алланиязов пенен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министрлиги де бирге ислеспекте. Олар  аллергияның ҳәўиж алыўын сапластырыў ушын ең биринши елатлы пунктлерге жақын жерлердеги қамысты орып алыўды усыныс етпекте.
«Шоманай қыйтақ жер хожалығы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде және бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы Франциядан гөш бағдарындағы түйе таўықтың мәйеклери алып келинген еди. Ҳәзирги ўақытта усы жәмийет пенен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи менен ислеп атырған Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры 400 миллион сум қаржы ажыратты. Ҳәзирги ўақытта 21 күнлик шөжелер жигирмадан баслап жүзге шекем халықтың талабына бола тарқатылмақта.
– Түйе таўықларға азықлықты да өзимиз жеткерип беремиз ҳәм семиргеннен кейин өзимиз сатып аламыз, – дейди Роллан Алланиязов. – Сонда үй ийелери түйе таўықларды баққаны ушын ақша табады. Мақсет халыққа қосымша дәрамат келтириў.
«Шоманай қыйтақ жер хожалығы» быйылғы жылы және бир қатар жумысларды режелестирген. Аўыл хожалығы министрлиги менен нәсилшилик бағдарында бирге ислесип киятырған болса, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен қумда жақсы өсетуғын терек туқымларын сырт елден алып келиў илажлары көрилмекте. Сонлықтан Мексика ҳәм Қытайдан қумға ҳәм дузға шыдамлы, дузлардың көшиў қәўпин тоқтатыўда қолайлы болатуғын 30 метрге шекем өсетуғын тереклерди алып келип, климатқа сәйкеслендириў мөлшерленбекте.
 
Сайёра ШОЕВА,
ӨзА    
Дерек: http://kknews.uz  
 
    2019-02-20 16:38:20 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine