Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев заманагөй дүньяны өзгертип атырған он жетекши дизиминен орын алды



Туркияның жетекши экономикалық басылымларынан бири — Derin Ekonomi журналының шолыўшысы Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевти өз мәмлекети ҳәм аймағындағы жағдайлар өзгериўине сезилерли тәсир көрсетиўге қәбилетли болған жәҳанның биринши он жетекшиси дизимине киритти, деп хабар берди «Жаҳон» хабар агентлиги.
Бул дизимнен оғада әҳмийетли қарарлары менен өз мәмлекетлери ҳәм аймақларындағы жағдайды өзгертип жиберетуғын ҳәм бул менен халық аралық  майдандағы жағдайға белсенди тәсир көрсететуғын ҳәм жәҳан ғалаба хабар қуралларының «ньюсмейкери», яғный олардың дыққат-итибары объекти болып атырған жетекшилер атлары орын алды.
Атап өтилгениндей, жаңа Президент басшылығында Өзбекистанда мәмлекетти әмелде еркин базар қарай ҳәрекетлендириўге ҳәм сыртқы саўда ҳәм валюта сиясатын либералластырыўға бағдарланған жүдә әҳмийетли қарарлар қабыллағаны шет елли инвесторлар ушын республиканың тартымлылығын арттырды.
Бул дизимниң ишинде Шавкат Мирзиёевтан басқа Бирлескен Араб Әмирликлериниң сыртқы ислер министри Абдулла бен Зайд аль-Нахайян, Сауд Арабыстанының шахзадасы Мухаммед бин Салманлар да бар.
 
    2018-01-05 10:57:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine