Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Шавкат Мирзиёев Россияға кетти



Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-октябрь күни Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы басшылары кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысында қатнасыў ушын Россия Федерациясының Сочи қаласына кетти. Бул ҳаққында ЎзА хабар бермекте.
Жыйналыста ҒМДАға ағза мәмлекетлер мәмлекет басшылары көп тәреплеме шерикшиликтиң бүгинги жағдайы ҳәм оны еле де раўажландырыў келешегин сөйлеседи, аймақлық ҳәм халық аралық көлемдеги мәселелер бойынша пикир алмасыўы, 2018-жылы Дослыққа басшылық ететуғын мәмлекет мәселесин көрип шығыўы күтилмекте.
Саммит жуўмағында ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшыларының Шаңарақ институты ҳәм дәстүрий шаңарақ қәдириятларын қоллап-қуўатлаў бойынша баянаты, 2019-жылды Китап жылы, 2020-жылды 1941-1945-жыллардағы уллы Ўатандарлық урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы жылы, деп жәриялаў ҳаққында қарар, сондай-ақ, Дослық мәмлекетлери ортасындағы шерикшиликти беккемлеўге қаратылған басқа ҳүжжетлер қабылланыўы режелестирилген.
Президентимиз сочи қаласында еки тәреплеме бир қанша ушырасыўлар да өткериўи нәзерде тутылған.
 
    2017-10-10 11:38:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine