Шавкат Мирзиёев Иранға кеўил айтты
Шавкат Мирзиёев Иранның Карманшаҳ ҳәм Илам ўәлаятларында күшли жер силкиниў нәтийжесинде көплеген адамлар қурбан болғаны ҳәм жарақатланғаны ушын мәмлекет Президенти Ҳасан Руҳонийға кеўил билдирди. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хызмети
хабар берди.
Екшемби күни Иран ҳәм Ирақ шегарасында магнитудасы 7,2 баллға тең жер силкиниў болды. Жағдайдың нәтийжесинде 210 адам қайтыс болды, 2,5 мыңға жақын адам жәбирленди. 70 мыңға жақын адам баспанасыз қалды.