Шавкат Мирзиёев Хорезмге келди
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў, келешектеги ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 14-октябрь күни Хорезм ўәлаятына келди. Бул ҳаққында ЎзА
хабар бермекте.
Президенттиң Хорезм ўәлаятына сапары даўамында усы жылдың 27-28-январь күнлери келгенинде белгиленген режелер қандай әмелге асырылып атырғаны менен танысыўы, аймақ раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар белгилениўи режелестирилген. Сапар даўамында Президент экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе объектлер менен танысты. Сондай-ақ, 14-октябрь күни Халық депутатлары ўәлаят кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясында қатнасып, баянат жасады. Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасы Президенти өз пәрманы менен Илгизар Матякубович Собировты Хорезм ўәлаяты ҳәкими лаўазымына тайынлады.