Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Санаат өнимлерин ислеп шығарыўда киши бизнес үлеси жоқары ҳәм төмен аймақлар менен танысың



Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик статистика комитети мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күни санаат өнимлерин ислеп шығарыўда киши бизнестиң орны барған сайын артып бармақта.
Атап айтқанда, киши исбилерменлик субъектлери санаат ислеп шығарыўда активлескен. Нәтийжеде олар тәрепинен санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2,2 процентке өскен. Өз нәўбетинде, киши бизнестиң жәми санаат ислеп шығарыўдағы үлеси болса 28,7%ти қурамақта.
Аймақлар кесиминде киши бизнестиң санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы ең жоқары үлеси Ташкент қаласында (жәми санаат өнимлерин ислеп шығарыўдағы үлеси 71,9%), Наманган (59,4 %), Самарқанд (52,9 %) ҳәм Жиззах (48,8 %) ўәлаятларында гүзетилген.
Сондай-ақ, ең киши үлеслер болса Наўайы ўәлаятында (10,9 %) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы (11,5 %), Ташкент ўәлаятында (16,3 %) ҳәм Қашқадәрья ўәлаятында (16,8 %) гүзетилген, деп хабар бермекте "Халқ сўзи online".
    2018-02-15 12:24:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine