Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

 Салықтан қарызы барлардың пластик карточкаларынан қарызын өндирип алыў системасы бийкар етилди



Салық органларының салық бойынша қарызларды пластик картадан сөзсиз өндириў ҳуқықы бийкар етилди. Буннан былай пластик картаңыздан салықшылар пул шешип алалмайды, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги
Көпшиликке белгили, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 26-июньдағы қарары тийкарында Мәмлекетлик салық хызмети органларына жүзеге келген салық қарыздарлығын салық төлеўши – физикалық шахслардың пластик карталарына хызмет көрсететуғын банк есап бетлеринен айына ең кем айлық мийнет ҳақының еки есеси муғдарынан көп болмаған суммада сөзсиз есаптан шығарыў ҳуқықы берилген еди. Бирақ, арадан бес ай өтип – Президенттиң 2018-жыл 26-декабрьдеги қарары тийкарында бул норма бийкар етилди.
Мағлыўмат ушын, 2018-жылдың декабрь айында Орайлық банк ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң «Салық қарызын физикалық шахслардың банк пластик карталарынан сөзсиз өндириў тәртиби ҳаққындағы режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәмийетшилик додалаўы ушын жәрияланған еди.
 
    2019-01-09 10:21:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine